
Ташкент ўәлаяты Шыршық қаласындағы Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети манежинде аўыр атлетика бойынша ересеклер арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилди.
Жарыстың соңғы күнги бағдарламасында еркеклер арасында аўыр салмақ категориялары бойынша жеңимпазлар анықланды.
+109 кг салмақ категориясы бойынша қатнасқан жерлесимиз, Азия чемпионы Рустам Жангабаев улыўма биринши ҳәрекетинде 200 кг, екинши ҳәрекетинде 240 кг, улыўма 440 кг салмақты өзине бойсындырып, 1-орын жеңимпазы болды.
Жеңимпаз спортшымыз енди жыл даўамында өткерилетуғын Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында елимиз атынан қатнасады.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz