Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.04.2019 14:03
  • 1201

Мойнақ логотипи ушын таңлаў жәрияланды. Жеңимпазды 10 миллион сум күтпекте


Халықаралық пресс-клуб Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен биргеликте «Мойнақ» логотипи ушын таңлаў жәриялады.
«Хабарыңыз бар, Мойнақ қаласы жаңадан қурылмақта, қала экологиялық машқалалы дәўирлерди жеңип өтиў менен бирге заманагөй көриниске ийе болмақта. Соның менен бирге, қала тарийхындағы жаңа дәўирди толық сәўлелендиретуғын, жергиликли ҳәм сырт ел жәмийетшилигиниң итибарын тарта алатуғын халықаралық дәрежедеги бренд жаратылыўы мақсетинде жаңа жойбарға бел байладық», - деп жазылған ХПК рәсмий бетинде.

Жаңа, мүнәсип логотип ҳәм айдентика ушын таңлаў шәртлери төмендегише:
- Файл вектор форматында (CorelDraw, Adobe Illustrator ямаса басқа), плагиатсыз болыўы керек.

Жеңимпаз логотип ушын сыйлық – 10 миллион сум!
Графикалық дизайн жумыслары 2019-жыл 1-май күни саат 00:00 ге шекем xalqaropressklub@gmail.com электрон мәнзили арқалы қабыл етиледи.
Жеңимпаз деп табылған логотиптиң авторлық ҳуқықы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ийелигине өтеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған