Ҳәзирги жәмийетте орын алыўы мүмкин болған апатшылықларды бир ойлап көриң. Бириншиси, Жерге астероидтың соқлығысыўы болса, екиншиси, үшинши жер жүзилик урыс деп көпшилик айта алады. Деген менен, NASA олай ойламайды. Агентликтиң анықлаўына қарағанда, жоқарыда санап өтилген қәўиплерден де ең қорқынышлысы бар. Ол – жер асты вулканлары. Дүнья жүзи бойынша жер астында 20 ға шамалас вулкан «уйқы»да жатыр. Олардың барлығы үлкен апатшылықларға себепши болады. Және олар қашан, қай жерден атылып шығатуғыны белгисиз.
АҚШтағы Йеллоустоун миллий бағының астында усындай гигант вулкан бар екенлиги белгили болды. Мағлыўматларға қарағанда, ол жерден 50-75 километр төменде жайласқан. Вулканның қашан атылыўы болса белгисиз қалмақта. Егер бул вулкан атылса, тек ғана әтираптағы барлық нәрселерди күлге айландырып қоймай, оның түтини күнниң нурын тосып қойыўы мүмкинлиги болжанбақта.
Ислам МАТЕКОВ.