Қубла Корея Президенти Мун Чже Ин 16-23-апрель күнлери Орайлық Азия бойлап турне өткереди. Бул ҳаққында Kun.uz
хабар берди.
Мағлыўматларға қарағанда, Қубла Корея басшысы 18-21-апрель күнлери Өзбекстанда болады. Сондай-ақ, ол 16-18-апрель күнлери Түркменстанға, 21-23-апрель күнлери Қазақстанда сапар етиўди жобаластырған.
Регион бойлап турне өткериўден тийкарғы мақсет – Қубла Кореяның Орайлық Азия мәмлекетлери менен жақын қатнасықларын беккемлеў ҳәм Мун Чже Инниң «Жаңа арқа сиясат»ы шеңберинде консенсусқа ерисиўден ибарат.
Мун Чже Ин Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёев пенен еки мәмлекет арасындағы стратегиялық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўдиң перспективалары мәселелерин додалаўы күтилмекте.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жылдың ноябрь айында Қубла Кореяға сапар еткен еди.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz