Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.04.2019 18:23
  • 1856

Күндизги ўақытта барлық автомобильлер шырақларын қосып жүриўи керек: Жол ҳәрекети қағыйдаларына және қандай өзгерислер киргизилди?


Жол ҳәрекети қағыйдаларына өзгерис киргизиў ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Өзгерислерге муўапық:
- светофордың қадаған етиўши белгисинде тоқтаў сызығы алдында тоқтаған ўақытта транспорт қуралының ең алдынғы ноқаты тоқтаў сызығы үстине шығып кетпеўи керек;
- Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят ҳәкимликлери айырым жол участкаларында ҳәрекетлениў тезлигин (тийисли жол белгилерин орнатыў) төменлетиўге миннетли;
- халық жасаў пунктлеринде еки ҳәрекетлениў бөлеги болған ҳәм ортада трамвай жолы болмаған бир тәреплеме ҳәрекетли жолларда тоқтаўға рухсат бериледи;
- айланба ҳәрекетлениў кесилиспесинде ҳәрекетленип атырған транспорт қуралы айланбаға кирип киятырған транспорт қуралларына салыстырғанда үстинликке ийе;
- күндизги ўақытлары барлық автомототранспорт қураллары жақынды жақтыландырыўшы шырақлары ямаса күндизги шырақларын қосып ҳәрекетлениўи шәрт;
- қурылыс материаллары, аўыл хожалығы өнимлери, азық-аўқат ҳәм усы сыяқлы төгилетуғын товарларды тасыўда жүк мәжбүрий тәртипте брезент ямаса басқа қалың материал жабылған болыўы керек;
- велосипед ҳәм мопед басқарғанда рульди усламай ямаса бир қолда услап ҳәрекетлениў қадаған етилди.

Сондай-ақ, өзгерислерге муўапық 28 жаңа жол белгилери киргизилди.
Қызыл шырақта оңға ҳәрекетлениў, радар, пияда ҳәм велосипедшилер ушын арналған жол сыяқлы белгилер усылар қатарына киреди.
Бул өзгерислер бойынша және қосымша мағлыўматлар бериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында