
Европалы алымлар биринши мәрте қара ойықты сүўретке алыўға еристи, деп хабар берди BBC News.
Қара ойыққа шекемги аралық шама менен 50 миллион жақтылық жылы ямаса 500 триллион километрди қурайды. Оны сүўретке алыў ушын түрли континентлерде жайласқан сегиз телескоптың тармағы керек болған.

«Сүўретте көрип турған нәрсе Қуяш системасынан әдеўир үлкен. Қара ойықтың аўырлығы қуяштың аўырлығынан 6,5миллион есе аўыр», — дейди Нидерландиядағы Neymgen университети профессоры Xeyno Falke.

Бул барлық илим-пән ушын жүдә үлкен жаңалық. Бүгинги күнге шекем қара ойық ҳаққындағы пикирлер тек теориялық еди. Олардың бар екенлиги исенимли болса да, илимий гипотеза еди.


Сахибжамал Есемуратова