
Бухарбай Тилеўмуратов. Қарақалпақстандағы дәслепки интернет журналисти, әпиўайы сөз бенен айтқанда, интернет журналистикасының «атасы».
Ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң органы болған «Еркин Қарақалпақтсан» газетасында экономикалық ҳәм социаллық мәселелер редакциясын басқарған. Ол, Бухарбай ағаның тили менен айтқанда, Қарақалпақстандағы ең узын коридоры бар имаратта жайласқан Нөкис қаласындағы «Баспасөз» үйинде 1981-жылдан баслап жумыс баслаған.
Газета журналисти интернет журналистикасына қызығып, түрли дәреклерде http://kkreporter.livejournal.com, http://kkreporter.blog.com, http://kkreporter.hiblogger.net, http://kkblogger.ucoz.org сыяқлы блогларды жаратып, өз пикирлерин пуқаралық позицияда турып билдирген. Өзиниң жазыўына қарағанда, ол газетада жәриялаўға руқсат етилмеген материалларды блогларында жайластырып барған. Соң сайт жаратып, оны ҒХҚ сыпатында дизимнен өткермекши болған. Бирақ, журналисттиң бул ойы әмелге аспады. 2009-жылы жаратылған блогларында жасларды интернетке, интернет журналистикасына, блогларға қызықтырыўға ҳәрекет еткен. Оның дөретпелери 2012-жылы Интернет журналистикасы жөнелисинде «Алтын қәлем» сыйлығының биринши орнына мүнәсип деп табылды. Оның мақалалары менен жоқарыдағы силтемеге кириў арқалы танысыўыңыз мүмкин.
Сахибжамал Есемуратова


