Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.04.2019 18:22
  • 1923

Кәсип-өнер колледжлериниң тәғдири не болады? Олар жабыла ма?


Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында «Кәсип-өнер билимлендириў системасын еледе жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарарының жойбары жәрияланды.
Ҳүжжет тийкарында, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 25-январьдағы ПФ-5313-санлы пәрманы менен шөлкемлестирилген Кәсип-өнер билимлендириўи системасын еледе жетилистириўди муўапықластырыў бойынша Республикалық комиссиясы тәрепинен төмендегилерди нәзерде тутатуғын усыныслары, яғный:
- аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыў бағдарламалары тийкарында исбилерменлик тараўы, соның ишинде, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери және жергиликли мийнет базары талапларына тийкарланып кадрлар таярлайтуғын «Көп тармақлы» кәсип-өнер колледжлери дизими;
- экономикалық тармақларды комплексли раўажландырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў, стратегиялық әҳмийетке ийе болған жойбарлар тийкарында жаратылған жаңа жумыс орынларын тәжирийбели қәнигелер менен тәмийинлеўге бағдарланған министрликлер, мәкемелер, хожалық бирлеспелери ҳәм ири кәрханалар басқарыўында жумыс алып баратуғын «Мәкемелик» кәсип-өнер колледжлери дизими;
- жоқары билимлендириў системасы менен интеграцияласқан «Жоқары мектеп» көринисинде жумыс алып баратуғын орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелери дизими;
- жоқары оқыў орынлары жумысларын кеңейтиў, қуўатлылығын арттырыў, келешекте республикамыз аймақларында сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәм олардың филиалларын шөлкемлестириў мақсетинде пайдаланылатуғын кәсип-өнер колледжлери дизими;
- улыўма орта билим бериў мектеплери сыпатында пайдаланылатуғын кәсип-өнер колледжлери дизими;
- имаратлары министрлик, мәкеме ҳәм басқа шөлкемлерге берилген кәсип-өнер колледжлериниң жумыслары тоқтатылған деп есапланып, олардың арнаўлы устаханалары ҳәм үскенелериниң ҳәрекет дизими тастыйықланыўы мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...