
АҚШ алымлары үйдеги шаң-тозаң эндокринниң бузылыўына ҳәм нәтийжеде семизликке алып келиўи мүмкинлигин анықлады. Бул туўралы MedicalNewsToday басылымы хабарлады. Изертлеў барысында илимпазлар 194 үйден шаң-тозаң үлгилерин жыйнаған. Шаң үлгилериниң қурамынан 100 ден аслам химиялық элементлер табылған. Илимпазлардың айтыўынша, усы жүзлеген элементлердиң 70и эндокринниң искерлигине кери тәсир ететуғынлығы анықланған.
Сахибжамал Есемуратова