Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.04.2019 11:26
  • 1271

Мектеплерде электрон китапхана ҳәм бийпул Wi-Fi системасы иске түсириледи


Билимлендириўде қолайлық жаратыў, китаплардан пайдаланыў имканиятын арттырыў мақсетинде республиканың барлық улыўма билим бериў мектеплеринде электрон китапхана системасы енгизиледи. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, елимиз басшысы алға сүрген 5 баслама шеңберинде билимлендириўде қолайлықлар жаратыў мақсетинде Халық билимлендириў тараўында ИКТны раўажландырыў орайы тәрепинен электрон китапхана бағдарламасы енгизилди.
Ҳәзирги ўақытта бул бағдарлама Ташкент ўәлаяты Бўка районындағы барлық китапханаларға орнатылған. Егер жойбар өзин ақласа, республиканың барлық аймақларындағы улыўма билим бериў мәкемелерине енгизиледи, деп жазылған хабарда.
Бул бағдарлама еки бөлимнен ибарат:
Дәслеп мектепте бар китаплардың онлайн базасы қәлиплестирилип, оқыўшы ҳәм муғаллимлер неше китап алғаны, оны қайтарыў мүддети сыяқлы мағлыўматлар, яғный китапханадағы барлық қол менен жүргизилетуғын ҳүжжет жумыслары электрон формаға өткериледи.
Бағдарламаның екинши бөлимине муўапық, мектепте бар сабақлық ҳәм қолланбалардың электрон варианты улыўма базаға жәмленеди. Китапхана баннерлеринде әдебиятлар ҳәм сабақлықлардың аты ҳәм оны онлайн базадан табыў имканиятын беретуғын QR код орналастырылады. Пайдаланыўшы телефонында кодты сканерлеп, усыныс етилген силтеме арқалы базадан өзине керекли әдебияттың электрон нусқасын жедел түрде табыўы ҳәм жүклеп алыўы мүмкин болады.
Соның менен бир қатарда, усы бағдарламадан пайдаланыў ушын мектеплерде бийпул Wi-Fi системасы да иске түсирилиўи нәзерде тутылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған