Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.04.2019 16:13
  • 964

Жаңа амфитеатрда «Саўға», мийирбийкелерге велосипедлер, әскерлерге жаңа қәнигеликлер – өзгерислер қушағындағы Мойнақтан хабарлар


Мойнақ районындағы жаңалықлар ҳәм өзгерислер ҳаққында хабарларды жәриялап атырған New Muynak City каналының мәлим етиўинше, усы жылдың 14-апрель күни район орайындағы жаңадан қурып питкерилген амфитеатрда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәтиниң «Саўға» концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди. Бағдарламада район халқы ҳәм мийманлары ушын қызықлы интермедиялар сахналастырылып, қосықлар ҳәм аяқ-ойынлар қойып берилди.

Сондай-ақ, районлық медициналық бирлеспесинде аўыллық жерлерде патронаж хызметин жақсылаў, район халқына медициналық хызметлерди өз ўақтында ҳәм сапалы көрсетилиўин тәмийинлеў мақсетинде мийирбийкелерге 28 велосипед саўға етилди.

Ҳәзирги ўақытта районда армия қатарында хызмет етип атырған 20 әскерге ҳәм 15 жас өспиримге «Кең профили тракторшы» бағдары бойынша усы жылдың март-апрель айларында оқыўды табыслы тамамлағаны мүнәсибети менен дипломлар тапсырылды. Енди әскерлер ҳәм жаслар оқыўда ийелеген билимлерин Арал теңизиниң қурыған ултанларында сексеўил егиў ҳәм халық хожалығының түрли тараўларында пайдаланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында