Telegram karinform

Экономика

  • 16.04.2019 16:44
  • 1742

Мәжбүрий орынлаў бюросы қарақалпақстанлы фермердиң 110 миллион сумнан аслам қарызын өндирип берди


Мәжбүрий орынлаў бюросының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Беруний районы бөлимине Беруний районлараралық экономикалық судының «Беруний пахта тазалаў» акционерлик жәмийетинен даўагер «Чинор Мадина» фермер хожалығы пайдасына 112,6 миллион сум қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы шешиўши қарары орынлаў ушын келип түскен.
Мәмлекетлик орынлаўшының алып барған ҳәрекетлери нәтийжесинде суд қарарының орынланыўы тәмийинленди ҳәм фермер хожалығына қарыздарлық өндирип берилди.
Атап айтқанда, орынлаў иси қозғалып, қарар нусқалары тәреплерге жиберилген ҳәм ықтыярлы түрде қарардың орынланыўын тәмийинлеў ушын 15 күнлик мүддет берилген.
Белгиленген мүддетте суд қарарының орынланыўы тәмийинленбегенлиги себепли, қарыздар «Беруний пахта тазалаў» АЖға қараслы аўыллық шыпакерлик пунктиниң ески имараты тийисли тәртипте хатлаўға алынып, бахалаў шөлкеми тәрепинен бул көшпес мүлк обьекти 110 миллион 729 мың сумға баҳаланған ҳәм электрон онлайн-аукцион саўдасына қойылған.
Нәтийжеде, сатыўдан түскен пул қаржылары есабынан даўагер «Чинор Мадина» фермер хожалығының есап бетине 112 миллион 683 мың сум өткерилди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға