
Бүгин, 16-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәжилислер залында «Мектепке шекемги билимлендириўди жетилистириўде инновациялық реформалар ҳәм перспективалар» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.
Конференцияны институттың илимий изертлеў ҳәм педагог кадрларды қайта таярлаў бөлими баслығы Р.Ешмуратов басқарып барды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинова «Қарақалпақстан Республикасында мектепке шекемги билимлендириўди жетилистириўдеги реформалар ҳәм перспективалар», филология илимлери кандидаты, профессор Қ.Қощанов «Мектепке шекемги жастағы балалар ушын «Қәўипсизлик әлипбеси»н дөретиў зәрүрлиги», Нөкис қаласындағы 12-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси методисти Ж.Айтмуратова «Илк қадам» дастури асосида мактабгача таълим муассасаларида марказларни ташкил қилиш», мектепке шекемги билимлендириў қәнигелиги магистранты Д.Атабаева «Дошкольное образование – фундамент в будущее» атамаларындағы баянатларын жасады.
Баянатшылар атап өткениндей, елимизде билимлендириўдиң барлық басқышлары сыяқлы мектепке шекемги билимлендириў тараўына да айрықша итибар берилмекте. Әсиресе, Президентимиздиң тиккелей басламасы менен 2017-жыл 30-сентябрь күнги қарары тийкарында Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги шөлкемлестирилди.

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстанда улыўма 543 балалар бақшасы жумыс алып барып атырған болып, оларда балаларды қамтып алыў дәрежеси 44,4% ти қурайды. Бул көрсеткиш Өзбекстан бойынша ең жақсы көрсеткиш болып, жыл ақырына шекем оны 65% ке жеткериў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта институттың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети профессор-оқытыўшылары басшылығында бул тараўды еледе раўажландырыў бойынша илимий изертлеў жумыслары алып барылып, әмелиятқа енгизилмекте.
Институт оқытыўшыларының жүргизген социаллық сораўнамалары жуўмақларына бола, балалар ең көп мектепке шекемги жас категориясында жарақат алады ҳәм булар көпшилик жағдайда балалардың өмири даўамында олардың денсаўлығына кери тәсир көрсетеди. Булардың алдын алыў мақсетинде, филология илимлери кандидаты, профессор Қ.Қощанов басшылығында балалар бақшалары ушын «Қәўипсизлик әлипбеси»ниң жойбары ислеп шығылғаны конференцияда көпшиликке мәлим етилди.

Конференцияда тараўды еледе жетилистириў мақсетинде институттың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети жанында эксперименталлық лаборатория шөлкемлестириў, методикалық журнал, газеталар шөлкемлестириў, телерадио арқалы арнаўлы көрсетиўлер таярлаўға жәрдемлесиў, сондай-ақ, жас шаңарақлар ушын балаларды тәрбиялаў ушын арнаўлы курслар ҳәм орайлар шөлкемлестириў сыяқлы мәселелерде усыныслар билдирилди.
Келешек ийелери болған балалардың физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик болыўын тәмийинлеў, олардың өсиўи ҳәм раўажланыўын қадағалап барыў мақсетинде ислеп шығылған «Илк қадам» бағдарламасы ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.
Конференция өз жумысын секциялық мәжилислерде арқалы даўам етти.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


