Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.04.2019 16:31
  • 1563

Электр энергиясы ушын баҳалар 3 жылға шекем өзгермейди, бирақ…


Ҳүкиметлик қарар тийкарында 2030-жылға шекемги болған дәўирде Өзбекстан Республикасы электр энергиясы тармағындағы тариф сиясатының тийкарғы бағдарлары тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
Ҳүжжет тийкарында тариф сиясатының тийкарғы бағдарлары белгиленди. Тутыныўшылардың электр энергиясынан тийкарланған ҳәм бәсекилик тарифлер бойынша пайдаланыўын тәмийинлеў усыларға киреди.
Тарифлерди белгилеўде халықтың кем тәмийинленген ҳәм қорғаўға мүтәж қатламлары социаллық жақтан қорғалады.
2023-жылға шекем тарифлерди қәлиплестириў методикасына басқышпа-басқыш өтиледи. 2023-жылдан баслап электр энергиясы ушын тарифлер кеминде 3 жыллық мүддетке әмел етеди.
Өз-ара мақул тарифлерди белгилеў арқалы тутыныўшылар ҳәм электр энергетика тармағы шөлкемлериниң мәплери теңсалмақлы жағдайға келтириледи.
Ҳүжжет тийкарында тарифлерди қәлиплестириў принциплери белгиленди. Атап айтқанда, тарифлерди қәлиплестириўде кемситпейтуғын қатнас енгизиледи, тарифлерди белгилеў тийкарланбаған сиясий тәсирге ушырамайды.

Ислам Матеков.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған