Telegram karinform

Спорт

  • 17.04.2019 17:02
  • 1994

Қарақалпақстанлы бирден-бир муай-тайшы спортшы қыз ҳаққында билесиз бе?


Елимизде ҳаял-қызларға болған итибар жоқары дәрежеде. Олар ҳәттеки ер адамлар менен бир қатарда турып, елимиздиң социаллық-экономикалық, жәмийетлик-сиясий, мәдений ҳәм спорт тараўларындағы жетискенликлерине өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосып келмекте.
Өз тараўында биринши болыў ҳәммеге де несип ете бермейди. Бул үлкен жуўапкершилик пайда етеди. Усындай жуўапкершиликтен қорықпастан, батыл қәдемлер таслап, қатарласларына өрнек болып киятырған жаслардың бири Дәмехан Наўрызбаева болып есапланады.
Дәмехан кишкене ўақытларынан баслап шығыс жекпе-жек өнерлерине оғада қызықты. Өзиниң денсаўлығын беккемлеў ҳәм бәрқулла саламат болып жүриўи ушын спорттың муай-тай түри менен шуғыллана баслады. Дәслеп оның бул спортқа кирип келиўи көпшиликке ерси түйилгени менен, кейин ала оның инта-ықласын көрип, өз пикирлериниң надурыс екенлигин аңлағанлар да көп болды.
Дәмехан усы спорт пенен шуғылланып, елимиз атынан жарысларға шығып жүрген бирден-бир қарақалпақ қызы болды. Оның өз үстинде тынымсыз ислеўи жақсы нәтийжелерди қолға киргизиўине себепши болды. Ол өткен жылы 14-18-март күнлери аралығында Ферғана ўәлаятында ересеклер арасында болып өткен Өзбекстан чемпионатында сыйлы 2-орынды ийелеген болса, усы жылдың 11-15-март күнлери Ферғана ўәлаятында ересеклер арасында болып өткен Өзбекстан чемпионатында сыйлы 3-орынды бәнтледи ҳәм Азия чемпионатына жолламаны қолға киргизди.
Ол ҳәзирги ўақытта Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультети рус тили ҳәм әдебияты бағдарының 4-курсында оқып, билим алмақта.
Келешектеги жобалары үлкен. Азия ҳәм Жәҳән бириншиликлеринде елимиз байрағын көклерге көтериў спортшы қыздың баслы мақсети есапланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...