Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.04.2019 16:30
  • 1317

Жумыс стажын сатып алыў имканияты ҳәм бала тәрбиясындағы ҳаялларға жумыс стажы берилиўи мүмкин


Өзбекстанда жумыс стажын сатып алыў имканияты берилиўи күтилмекте, шеклеў мүддети – 5 жылға шекем. Kun.uz хабаршысы 18-апрель күни «Пенсия системасы реформасы ҳәм сырт еллер тәжирийбеси» атамасындағы халықаралық дәрежедеги конференция шеңберинде Қаржы министриниң орынбасары Ёрқин Турсуновтан жаңа Концепция бойынша алынған мағлыўматларға тийкарланып, бул ҳаққында хабар берди.
- Жаңа концепцияда төмендегише усыныс билдирилген болып, оның тийкарында, 5 жылға шекемги болған жумыс стажын сатып алыў имканияты пайда болады. Мәселен, бизде ҳәзир талап етилетуғын жумыс стажы ҳаяллар ушын – 20 жыл, еркеклер ушын – 25 жыл. Айтайық, қандайда бир себеплерге байланыслы, жумыс стажы еркеклерде 22 жыл ямаса 23 жыл болыўы мүмкин, бул болса толық пенсия алыў имканияты жоқ дегенди билдиреди. Бундай жағдайларда жетиспейтуғын 2 ямаса 3 жыллық жумыс стажын белгили бир муғдардағы төлемди Пенсия қорына төлеп, сатып алыў имканиятын да бериў нәзерде тутылған. Сонда пуқара толық пенсия алыў имканиятына ийе болады, - дейди Ёрқин Турсунов.
Жаңа концепцияға муўапық, ҳаяллар перзент тәрбиясы менен бәнт болған дәўирде де жумыс стажына ийе болыўы мүмкин: егер ҳаял адам перзент тәрбиясы менен бәнт болып, жумыс ислеўге имканияты болмаса, оның өмирлик жолдасы пенсия қорына белгили бир муғдардағы төлемди төлеп барып, ҳаялы ушын да жумыс стажын есаплатыўы мүмкин.
Және бир имканиятлардан бири ҳаяллар ушын әҳмийетли – олардың стажы 20 жылдан өткеннен кейин ҳәр жыл ушын және 1 проценттен қосып бериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған