Telegram karinform

Мәденият

  • 18.04.2019 16:59
  • 1516

«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының Қарақалпақстан басқышы қашан болып өтеди?


Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы «Зўр ТВ» каналы менен биргеликте ҳәр жылы жоқары оқыў орынлары студентлери арасында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўын өткерип келмекте.
Быйылғы жылдағы аймақлық басқышлар кестесине муўапық, Қарақалпақстан Республикасында усы жылдың 30-апрель күни саат 15:00 де Нөкис қаласында таңлаўдың аймақлық басқышы болып өтеди.

Оған Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Жайҳун», Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран», Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының «ТАТУ», Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының «Пегас шоу», сондай-ақ, таңлаўдың аймақлық басқышында биринши мәрте Өзбекстан-Қубла Корея қоспа кәрханасының «Үстирт жулдызлары» командалары қатнасады.
Таңлаўдың аймақлық басқышы анық қай жерде өткерилиўи ҳаққында ҳәзирше мағлыўматлар жоқ.
Мағлыўмат ушын, таңлаўдың өткен жылдағы мәўсиминде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командасы финал басқышына шекем жетип барып, сыйлы 2-орынды қолға киргизген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал