
Потенциаллық қәўипли астероид GC6 Жер планетасынан 219 мың километр узақлықтан ушып өткен. Бул ҳаққында NASA қәнигелери мағлыўматларына тийкарланып Газета.ru хабар берди.
Қәнигелердиң мағлыўматларына қарағанда, 19-апрель күни Жерге бир үйдиң көлеминдей келетуғын астероид жақынласқан.
NASA бул астероидты Жер ушын «потенциаллық қәўипли» деп атады, себеби ол планетамызға үлкен зыян жеткериўи мүмкин еди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz