
Тәжикстан ҳүкимети пуқаралардың денсаўлығын ойлаған ҳалда мобил байланыс ҳәм мобил интернет баҳаларын еки есеге қымбатлатты, деп хабар берди Тәжикстан Байланыс хызмети баслығы Илҳам Атаевқа тийкарланып ASIA-Plus.
«Интернеттиң баҳасы қымбатлағаннан соң адамлар оннан ақыл менен пайдалана баслайды. Ойынды азырақ ойнап, көзлерин, өзиниң денсаўлығын ойлайтуғын болады... Жасларға қараң – олар ҳәрдайым интернетте отырады», деген Атаев.
Тәжикстанда мобил байланыс ҳәм интернет ушын жаңа тарифлер 18 апрелден енгизиледи. Басылымның берген мағлыўматына муўапық, баҳалар дерлик еки есеге арттырылған: дәслеп 1 гигабайт ушын пайдаланыўшылар 3,5 доллар төлеген болса, ҳәзирде бул 6,7 долларға көтерилген.
Сахибжамал Есемуратова