Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.04.2019 12:24
  • 1785

Алматы-Ташкент автомобиль жолында автобус аўдарылды. 11 адам қайтыс болған


20-апрель күни таңда Қазақстанның қубласындағы Жамбыл областы аймағында жолаўшы автобусы қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Қазақстан ИИМ баспасөз хызмети хабарына қарағанда, ЖТҲ ақыбетинде 11 адам қайтыс болған, деп жазады Kun.uz.
- ЖТҲ ақыбетинде ўақыя орнында 8 адам қайтыс болган, 32 адам емлеўханаға алып барылған. Алынған жарақатлар себепли емлеўханада 3 адам қайтыс болған, - деп мағлыўмат берген ИИМ баспасөз хаткери Ораз Нурдилда.
Мағлыўматта жазылыўынша, ЖТҲ шемби күни саат 05:00 лер әтирапында Алматы-Ташкент автомобиль жолының 181-километринде жүз берген.
Баспасөз хызмети баслығының айтыўына қарағанда, Toyota Camry автомобили жолдың шетинде тоқтап турған жүк машинасына урылған, бул ўақытта арқада киятырған жолаўшы автобусының басқарыўшысы алдағы авариядан қашыў ушын рульди кескин бурған ҳәм автобус аўдарылып кеткен.
Ўақыя жүз берген орынға область басшылары, прокурор, областьлық полиция департаменти баслығы ҳәм басқа басшылар жетип барған.
Ҳәзирши қурбанлардың шахсына анықлық киргизилмеген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған