Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.04.2019 17:00
  • 1453

Қарақалпақ журналистикасы тарийхындағы биринши халықаралық конференция болып өтти

Қарақалпақ журналистикасы тарийхындағы биринши халықаралық конференция болып өтти
Бүгин, 22-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында журналистика кафедрасы шөлкемлестириўиндеги «Глобалласыў процесинде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференция болып өтти. Конференция Қарақалпақстан журналистикасы тарийхында биринши мәрте халықаралық дәрежеде өткерилди.
Конференцияны университет ректоры А.Реймов ашып берди ҳәм басқарып барды.
Қарақалпақ журналистикасы тарийхындағы биринши халықаралық конференция болып өтти
Онда «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бас редакторы, сенатор Г.Аннақлычева «Өзбекстанда жаңаланыў процеси ҳәм журналистика», Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының баслығы К.Кәримов «Ҳәзирги қарақалпақ журналистикасының тийкарғы машқалалары», Украинаның Киев миллий мәденият ҳәм көркем өнер университети доценти А.Полисученко «Технологии X-Reality в мультимедийной журналистике: проблемы и перспективы», Қырғызстанның Ош мәмлекетлик университети доценти З.Маматжанова «Формирование цифровой грамотности студентов», университеттиң журналистика кафедрасы баслығы З.Оразымбетова «Заманагөй журналист кадрларды таярлаў мәселелери» атамасындағы баянатларын жасады.
Қарақалпақ журналистикасы тарийхындағы биринши халықаралық конференция болып өтти
Буннан соң Бухара мәмлекетлик университети профессоры Ф.Муминов, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатиясы университети профессоры Ф.Муминова ҳәм елимиз ғалаба хабар қураллары ўәкиллери шығып сөйлеп, халықаралық конференция жумысларына табыслар тиледи.
Қарақалпақ журналистикасы тарийхындағы биринши халықаралық конференция болып өтти
Конференция секцияларда өз жумысын даўам еттирди.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген сүўретлери.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған