Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.04.2019 17:26
  • 1625

Әдебиятымыз байтереклериниң 90 жыллығына арналған конференция болып өтти

Әдебиятымыз байтереклериниң 90 жыллығына арналған конференция болып өтти
Бүгин, 23-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Қаҳарманлары – халық шайыры Ибрайым Юсупов, халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов ҳәм уллы әдебияттаныўшы илимпаз Озод Шарофиддиновлардың туўылғанына 90 жыл толыўы мүнәсибети менен «Көркем әдебият ҳәм әдебияттаныў илиминиң жарық жулдызлары» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.
Конференцияны институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди ҳәм басқарып барды.
Әдебиятымыз байтереклериниң 90 жыллығына арналған конференция болып өтти
Конференцияда филология илимлериниң докторы, профессор К.Қурамбаев «Озод Шарофиддинов – ўзбек танқидчилигида мактаб яратган олим», филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергенов «Кең дүньяға қушақ ашқан жазыўшы (Т.Қайыпбергеновтың өмири ҳәм дөретиўшилик жолы)», филология илимлериниң кандидаты, доцент М.Бекбергенова «Ўатан маған – мен Ўатанға керекпен (И.Юсупов – қарақалпақ халқының сүйикли шайыры)» атамаларында баянатлар жасады.
Әдебиятымыз байтереклериниң 90 жыллығына арналған конференция болып өтти
Илажда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы К.Кәримов, «Нураный» қорының Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Ш.Уснатдиновлар сөзге шығып, әдебиятымыз тарийхында орны гиреўли, бул уллы инсанлардың өмир жолы, елимиз, халқымыз ушын еткен мийнетлери ҳаққында кең түрде тоқталып өтти.
Конференцияда шайыр ҳәм жазыўшылардың туўған-туўысқанлары, перзентлери де сөзге шығып, илаж шөлкемлестириўшилерине терең миннетдаршылық билдирди.
Конференция сораў-жуўаплар ҳәм пикир алмасыўлар менен даўам етти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында