Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.04.2019 14:40
  • 1211

Ҳаж сапары ушын жаңа баҳалар жәрияланды


Быйылғы жылдан баслап өзбекстанлы мусылманлар ушын Ҳаж сапары қәрежетлери 33,3 миллион сумға шекем арзанлатылды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, өткен жылы Ҳаж зыяратын әмелге асырыў қәрежетлери 38 миллион сумды қураған еди. Быйылдан баслап Сауд Арабиясында барлық хызметлерге 5 процентлик қосылған қун салығы ҳәм мийманханаларға 2,5 процентлик салық енгизилди. Усы тийкарда быйыл Ҳаж зыяраты қәрежетлери шама менен 42-43 миллион сум болыўы күтилип атырған еди. Өз-ара сөйлесиўлерден соң Ҳаж сапары қәрежетлери 33,3 миллион сумға шекем арзанлатылды.
2016-жылы Өзбекстаннан 5200 адам Ҳаж әмеллерин атқарып қайтқан болса, 2017-жылдан баслап 7200 өзбекстанлы Ислам дининиң муқаддес парызларының бирин атқарыў имканиятына ийе болды.
Алдын пуқараларымыз Умра зыяратына шекленген квота тийкарында жиберилген болса, өткен жылдан баслап оларға жыл даўамында квотасыз Умра зыяратына барыў имканияты жаратылды.
«Ҳаж-2019» мәўсиминен соң Умра сапары 1,3 миллион сумға арзанластырылды. Сондай-ақ, «Ҳаж-2018» төлеминен аўысқан 926,9 мың сум қаржы ҳәр бир зыяратшыға қайтарып берилди, - деп жазылған хабарда.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған