Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.04.2019 17:19
  • 1354

Апрель айындағы күшли жаўын-шашынның себеби неде? Гидромет түсиник берди


Быйылғы апрель айы Өзбекстан бойынша жаўын-шашынлы келиўи менен өткен жылларға салыстырғанда ажыралып турыпты. Апрель айының басынан баслап усы күнге шекем Өзбекстанның арқа тәрепи менен Ферғана алабынан басқа мәмлекет аймағының көпшилик бөлегинде ҳәр қыйлы жеделликтеги жаўын күнлер бақланбақта. Жаўын-шашынлар муғдары болса айлық нормадан артып кетти, айырым күнлери болса бир неше саат даўамында бир айлық жаўынның дерлик ярымы жаўып өтти.
«Өзгидромет»тиң Kun.uz сайтына мәлим етиўинше, бундай жаўынлы ҳаўа райының себеби, дерлик толық ай даўамында Өзбекстан аймағы үстинде қублада пайда болған ығал ҳаўа массалары Россияның Европа аймағынан кирип келген салыстырмалы суўық ҳаўа массалары менен турақлы түрде араласып турды. Ҳаўа массаларының бундай бир-бирине араласыўы күшли нөсер пайда болыўы ушын қолайлы шараятлар жаратты.
Апрель айындағы бундай жаўын-шашынды аномал, әдеттегидей болмаған ҳәдийсе, деп атаўға болмайды, апрель жылдың ең ығал айларының бири есапланады. Солай болса да, бундай жаўынлы апрель 4-5 жылда бир мәрте бақланады.
2002- ҳәм 2009-жыллардағы апрель айлары да усындай жаўын-шашынлы болған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...