Бүгин, саат 02:00 лер шамасында Бухарадан қайтып баратырған «Мерседес» маркалы автобус баллон жарылыўы ақыбетинде аўдарылып кеткен ҳәм өрт келип шыққан. Барлық 53 жолаўшы оператив түрде эвакуацияланған.
29-апрель күни саат 02:00 де Ташкент ўәлаяты Ортачыршық районында жайласқан 4Р20 автомобиль жолында ЖТҲ жүз берди, деп жазылған Айрықша жағдайлар министрлиги хабарында.
Бухарадан қайтып баратырған «Мерседес» маркалы автобус баллон жарылыўы нәтийжесинде аўдарылып кеткен. Ҳәдийсе ақыбетинде автобуста өрт жүзеге келген.
Атап өтилиўинше, салонда 53 адам болған. Олардың 37 си Паркент районындағы 31-мектептиң оқыўшылары, усы мектептиң 3 муғаллими, 10 ата-ана ҳәм 3 транспорт басқарыўшысы болған.
Барлық жолаўшылар оператив түрде эвакуацияланған. Қайтыс болғанлар жоқ. Жәбирленгенлерге ўақыя жүз берген орында медициналық жәрдем көрсетилген.
ЖТҲ ақыбетинде 7 адам ҳәр қыйлы дәрежедеги жарақатлар алған, екеўи Ортачыршық районындағы емлеўханаға жатқарылған, 5 жолаўшы болса Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайына алып барылған.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz