Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.04.2019 17:01
  • 1009

Генерал-майор Әмиўдәрьяда жүз берген жол-патруль хызметкери ҳәм пуқара арасындағы келиспеўшиликке мүнәсибет билдирди


Бүгин, 29-апрель күни Ташкент қаласындағы Миллий баспасөз орайы имаратында Ишки ислер министрлигиниң Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасының баспасөз конференциясында генерал-майор Қутбиддин Бурханов Әмиўдәрья районында жүз берген жол-патруль хызметкери ҳәм пуқара арасындағы келиспеўшиликке мүнәсибетин билдирди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
«Ички ишлар ходими хизмат давомида юриш-туриш қоидаларига риоя этиши жуда муҳим. Куни кеча ўзингизни ҳам хабарингиз бор, Қорақалпоғистон Республикасида бўлиб ўтган воқеада икки маст одам тортишиб турган вақтда ички ишлар ходими келиб ажратмоқчи бўлган. «Тўполон қилмагин, ўзингни босиб олгин», деб ушлаб турган вақтда атайин эшикни ёпяпти. Қўли лат еган. Экспертизага борган. Шу вақтда автоматик равишда маст одамнинг юзига шапалоқ тортиб юборган. Бу можаро иштирокчилари бўлган бошқа кишиларга ҳам маъмурий чора кўрилади. Ўзини боса олмаган ўша ходимни эса лавозимидан озод этиш масаласи кўрилмоқда. Ички ишлар органи ходими биринчи навбатда ўта маданиятли бўлиши керак. Давлат раҳбари, ҳукуматимиз, вазиримиз талаби ҳам аввало шу», - деп айтып өткен.
Бир неше күн алдын Әмиўдәрья районы Маңғыт қаласы Бәркамал әўлад көшесинде жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўге барған Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы ЖПХ инспекторы мәс ҳалдағы жолаўшылар менен тартысыў даўамында олардың бирине шаппат урғаны сәўлеленген видео тарқалған еди.
Кейин ала Ишки ислер хызметкери өзи урған пуқараның алдына барып, оннан кеширим сораған ҳәм тәреплер өз-ара жарасқан. Бул хызметкерге қарата хызмет тексериўи өткерилип, нәтийжеде оны лаўазымынан азат етиў бойынша усыныс берилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў