Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.04.2019 17:00
  • 1363

Магистратураға кириўде айырым имтиханлар бийкар етилди. Және қандай өзгерислер болды?


Ҳүкиметтиң «Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў, студентлердиң оқыўын көшириў, қайта тиклеў ҳәм оқыўдан шетлетиў тәртиби ҳаққындағы уставларды тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Киргизилген қосымшаларға муўапық, магистратураға кириўде төмендегилер бийкар етилди:
- магистратураға кириўшилердиң илимий ҳәм илимий-педагогикалық жумысларға болған қәбилети ҳәм қызығыўшылығын анықлаў мақсетинде сайланған қәнигеликке сәйкес сораўлар тийкарында сәўбет;
- «Информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары» пәни бойынша сынақ;
- «Өзбекстанда демократиялық жәмийет қурыў теориясы ҳәм әмелияты» пәни бойынша сынақ.
Магистратураға ҳүжжет тапсырғанлардың TOEFL бойынша кеминде 72 ямаса IELTS бойынша кеминде 5,5 балл болғанында олар шет тилинен кириў сынағына қатнаспайды. Алдын бул нәтийжелер TOEFL бойынша кеминде 58 ямаса IELTS бойынша кеминде 5 балл болыўы керек еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...