Telegram karinform

Экономика

  • 30.04.2019 17:17
  • 1480

Қарақалпақстанда жылына 100 мың тонна қамысты қайта ислеў арқалы өним алыў жолға қойылады


Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Республика экономикасына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў механизмлерин еледе жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында қамыстан өним алыў жолға қойылады. Бул ҳаққында Xabar.uz жазбақта.
Оған муўапық, қамысты қайта ислеў ҳәм қағаз, пахта және бөлекшелерди ислеп шығарыўды шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Жойбардың прогнозлық баҳасы 5 миллион АҚШ долларына баҳаланбақта ҳәм жылына 100 мың тонна қамысты қайта ислеў нәзерде тутылған.
Сырт елли инвесторларға Өзбекстаннан бирге ислесиўши «Wang da group» ЖШЖ қоспа кәрханасы болыўы керек. Жойбар үстинде ислеў бойынша жуўапкер уйым сыпатында тоғай хожалығы комитети менен инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги көрсетип өтилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны