Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.04.2019 18:42
  • 1399

Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға информациялық-коммуникациялық технологиялар бойынша арнаўлы курс өткерилмекте


Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлар, әсиресе, жас шаңарақ ийелериниң информациялық-коммуникациялық технологиялар бойынша билимлерин беккемлеў мақсетинде «Беккем шаңараққа қарай» атамасындағы арнаўлы оқыў курсы шөлкемлестирилди.
Оқыў курсына жумыссыз, жумысқа жарамлы майыплы болған шахслар, турақлы өз ара келиспеўшиликлер менен жасап атырған шаңарақ ағзалары, зорлықтан жәбирленген шахслар, ишиўшиликке берилип зыян кѳргенлер, жалғыз аналар, ажырымнан жәбир кѳргенлер, қамақ жазасын ѳтеп қайтқанлар, миграциядан жәбир кѳрген 20 жастан 40 жасқа шекемги шаңарақ ағзалары қамтып алынбақта.
Оқыў курсын шөлкемлестириўден мақсет, аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған шаңарақлар, әсиресе, жас шаңарақларға ИКТ ҳәм психологиялық билим бериў арқалы өз-өзине жәрдем көрсетиў бойынша көнликпелерин арттырыўдан ибарат.

Оқыў курсы 5 күн даўамында, 20 саат даўам етеди. Курс даўамында информациялық технологиялардың мақсет ҳәм ўазыйпалары, компьютер, мобиль қурылмалардан пайдаланыў көнликпелери, интернет тармақларының мақсет ҳәм ўазыйпалары, олардан пайдаланыў, мәмлекетлик хызметлер түрлери ҳәм шахс кәмиллигинде психологиялық билимлердиң зәрүрлиги, шаңарақта психологиялық саламат орталықтың әҳмийети, аўыр турмыслық жағдайларды жеңип өтиўде психологиялық мәсләҳәтлер бойынша тийисли қәнигелер тәрепинен сабақлар өтиледи.
2019-жыл 29-апрель күни ТИТУ Нөкис филиалында ашылып, өз жумысын баслаған оқыў курсына аўыр социаллық жағдайға түсип қалған 15 ҳаял-қыз қамтып алынды ҳәм тийисли тәртипте сабақ өтип баслады.
Оқыў курсына қатнасқанларға сертификат бериледи.
Оқыўға қатнасыўды қәлеўшилер болса, төмендеги телефонлар арқалы байланысыўы мүмкин. Оқыў жыл даўамында даўам етеди.

“Оила” илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан Республикалық Басқармасы жанындағы Арнаўлы оқыў курсы
Телефон номер: (61) 224-13-08, (95) 601-11-24


Сахибжамал Есемуратова таярлады.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған