Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.05.2019 10:35
  • 967

Кириў имтиханында белгиленген тәртипти бузып, оқыўға кирген студентлер оқыўдан шетлетиледи. Оқыўдан шетлетиў бойынша қандай өзгерислер бар?


Ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиевтиң өз каналында жәриялаўынша, Министрлер Кабинетиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелери студентлериниң оқыўын көшириў, қайта тиклеў ҳәм оқыўдан шетлетиў тәртиби ҳаққында»ғы уставқа қосымша киргизилди ҳәм студентти жоқары оқыў орнынан шетлетиўге тийкар болатуғын жағдайлар қатары төмендеги бәнт пенен толықтырылды:
«з) суд қарарына муўапық, кириў имтиханларында белгиленген тәртипти бузғаны анықланғанда (бундай жағдайда студентлер қатарынан шығарылғанлар студентликке қайта тикленбейди);»
Ҳуқықтаныўшы-блогердиң жазыўынша, алдынлары кириў имтиханларында тәртип бузыўшылық жолы менен оқыўға кирген абитуриентлерди олардың айыбы кейин ала анықланған жағдайда да, студентлер қатарынан шетлетиў бойынша нызамлы тийкарлар болмаған еди.
Соның менен бирге, киргизилген өзгерислерге муўапық, буннан былай жоқары оқыў орнының әдеп-икрамлылық қағыйдаларын бузған болса да, студентлер қатарынан шетлетиў мүмкинлиги белгиленди. Алдынлары бул бәнтте тек ғана оқыў тәртиби ҳәм ишки тәртип-қағыйдалары ғана көрсетилген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған