Мағлыўматларға қарағанда, жарысқа қоңсылас Қазақстан Республикасынан да экипажлар келген.
Еслетип өтемиз, жарыстың тийкарғы этапы бүгин ҳәм ертең – 3-4-май күнлери Мойнақ қаласы ҳәм Ақтумсық аралығында, сондай-ақ, усы бағдарда Мойнақ қаласына шекем даўам етеди.
Жарыстың салтанатлы сыйлықлаў илажы 5-май күни болып өтиўи жобаластырылған.




Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz