
Айырым каналларда 1-майдан жоқары оқыў орынларына қабыллаў басланғаны, яғный алдынғы жылларда оқыўға кире алмаған абитуриентлер 1-майдан 20-июньға шекем ҳүжжетлерди тапсырыў мүмкинлиги ҳаққында жазбақта.
Ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиевтиң жазыўынша, бул надурыс мағлыўмат. Ҳәзирше қабыллаў процесси басланбады.
Ҳүжжет қабыллаўдың басланыўы ушын төмендеги 2 ҳүжжет қабыл етилиўи керек:
1) Президент қарары менен 2019-2020-оқыў жылы ушын қабыллаў квоталары тастыйықланыўы керек. Яғный қайсы жоқары оқыў орнында қайсы бағдарлар ушын неше орын ажыратылғаны анық болмастан бурын, қабыллаў процесслери басланбайды;
2) Министрлер Кабинетиниң қарары менен қабыллаў процесслерине анықлық киргизиўши жаңа тәртип тастыйықланыўы керек.
Демек, еле бул ҳүжжетлер қабыл етилмегени ушын жоқары оқыў орынларына ҳүжжет қабыллаў басланғаны ҳаққындағы хабарлар тийкарсыз.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


