Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.05.2019 12:07
  • 1291

Республикалық ҳәм халықаралық пән олимпиадасы жеңимпазлары және олардың муғаллимлери ақшалай сыйлықланады. Және қандай жеңилликлер бериледи?


Президент Шавкат Мирзиёев «Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары қәнигели кадрлар таярлаўдың үзликсиз системасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Қарар тийкарында:
- Халықаралық олимпиадалардың жеңимпазлары ҳәм олардың муғаллимлери ең кем айлық мийнет ҳақының төмендеги муғдарларында бир мәртелик ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады:
1-орын (алтын медаль) ушын – 500, муғаллимине – 450 есеси;
2-орын (гүмис медаль) ушын – 300, муғаллимине – 250 есеси;
3-орын (бронза медаль) ушын – 200, муғаллимине – 150 есеси;

- Тийкарғы олимпиадалар республикалық басқыш жеңимпазларының муғаллимлери ең кем мийнет ҳақының төмендеги муғдарларында бир мәртелик ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады:
1-орын ушын – 50 есеси;
2-орын ушын – 35 есеси;
3-орын ушын – 30 есеси;

- Халықаралық олимпиадалар жеңимпазларын таярлаған муғаллимлер ҳәм билимлендириў мәкемелериниң директорларына гезектеги оқыў жылы ушын директор қорынан алтын, гүмис ҳәм бронза медальлары бойынша тийисли түрде қосымша 200, 175 әм 150 процентлик үстеме төленеди;

- Жоқары оқыў орнын питкерген олимпиада жеңимпазлары «Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен қәлиплестирилетуғын перспективалы қәнигелер резервине киргизиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...