Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.05.2019 12:14
  • 1029

Пән олимпиадаларын өткериў процеси онлайн алып көрсетиледи


Президент Шавкат Мирзиёев «Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары қәнигели кадрлар таярлаўдың үзликсиз системасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Қарар тийкарында:
- 2019-2020-оқыў жылынан баслап улыўма орта билим бериў мектеплериниң 4-11-класс, академиялық лицей ҳәм кәсип өнер колледжлери оқыўшылары ушын ҳәр шеректе онлайн тәризде олимпиадалар шөлкемлестириў арқалы қәбилетли оқыўшылар резервин қәлиплестириў;

- Оқыўшы жаслардың халықаралық олимпиадалардағы қатнасын тәмийинлеў менен байланыслы, соның ишинде, суткалық, жасаў ҳәм транспорт қәрежетлери Өзбекстан жаслар аўқамының Раўажландырыў қоры қаржылары есабынан төленеди;

- Олимпиадалардың ўәлаятлық ҳәм республикалық басқышы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасыўында өткерилип, Халық билимлендириў министрлиги веб-сайты арқалы онлайн тәризде тиккелей алып көрсетиледи;

- Олимпиадалар әшкара ҳәм объектив тәризде өткерилип, нәтийжелери олимпиада өткерилген күнниң өзинде жәрияланады;

- барлық басқыштағы олимпиада нәтийжелери, соның ишинде, қатнасыўшылар ҳаққында мағлыўматлар, олардың жазба жумыслары толық мәлимлеме системасына киргизиледи ҳәм Халық билимлендириў министрлиги веб-сайтында жәрияланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған