Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.05.2019 12:30
  • 1426

Президент мектеплерине оқыўға тапсырыў ушын қандай ҳүжжетлер талап етиледи?


Президент мектеплерине кириў ушын сайлап алыў таңлаўында қатнасыў ушын талабанның ата-анасы ҳәм нызамлы ўәкиллери белгиленген мүддетлерде Қабыллаў комиссиясына төмендеги ҳүжжетлерди усынады:

- арза;
- талабанның анкетасы;
- талабанның ҳүжжетлери усынылған ўақытта оқып атырған мектебинен мағлыўматнама;
- талабанның денсаўлығы ҳаққындағы мағлыўматнама;
- 2 дана фотосүўрет (3х4);
- туўылғаны ҳаққындағы гүўалықтың нусқасы.

Талабанның ата-анасы (нызамлы ўәкиллери) көрсетилген ҳүжжетлерди мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды қоллана отырып электрон тәризде де тапсырыў ҳуқықына ийе.
Мағлыўмат ушын, Президент мектеплерине ҳүжжетлерди қабыллаў басланыўынан кеминде 10 календарь күн алдын Жумысшы орган Өзбекстан Республикасында тарқатылатуғын ғалаба хабар қуралларында Президент мектеплерине қабыллаў тәртиби, ҳүжжетлерди тапсырыў мүддетлери ҳәм квоталары ҳаққында кең жәмийетшиликке мағлыўмат береди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған