Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.05.2019 17:19
  • 1310

Быйылғы жыл ушын зәкат, фитр садақа ҳәм фидяның муғдары жәрияланды


2019-жылдағы зәкат, фитр садақа ҳәм фидя муғдары бойынша Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа комиссиясының қарары жәрияланды. Қарардың тексти басқарманың рәсмий сайтында келтирилген.
Қарарға муўапық, зәкат нысабы 1 грамм алтынның ҳәзирги ўақытта Өзбекстан базарларындағы орташа баҳасы 200 000 (еки жүз мың) сум екенлигин есапқа алынып, зәкат нысабы 85 (сексен бес) грамм алтын, яғный 17 000 000 (он жети миллион) сум деп белгиленди. Усы сумманың қырқтан бир (1/40) бөлеги, яғный 425 000 (төрт жүз жигирма бес мың) сум зәкат нийетинде берилетуғын болды.

Көпшиликке белгили, фитр садақасы Пайғамбарымыз саллаллоҳу алайҳи васалламның ҳәдислерине муўапық төрт нәрседен бериледи. Олар бийдайдан ярым соъ, арпадан бир соъ, кишмиштен ярым соъ ҳәм хурмадан бир соъ есапланады. Бир соъ салыстырмалы түрде (шама менен ≈) 4 килограмды қурайды.
Соған бола, быйылғы фитр садақасының муғдары Ташкент қаласындағы базарлардағы баҳаларға қарай:
≈ 2 килограмм бийдайдан 6 000 (алты мың) сум;
≈ 4 килограмм арпадан 10 000 (он мың) сум;
≈ 2 килограмм кишмиштен 70 000 (жетпис мың) сум;
≈ 4 килограмм хурмадан 100 000 (жүз мың) сум болады.

Ҳәр ким өз имканиятына қарай усы төрт өнимниң қәлеген бир түринен фитр садақасын бериўи мүмкин.
Быйылғы фидя муғдары бир мискинниң бир күнлик азық-аўқаты есесине тең болып, оның орташа баҳасы 15 000 (он бес мың) сум, деп белгиленди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған