Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.05.2019 19:00
  • 2442

Майып ҳалымда шөлде таўық бағып атырман, ҳеш ким жәрдем бермей атыр деп мүрәжат жоллаған төрткүлли ҳаялдың негизги мақсети не еди? Ҳақыйқый жағдай


Усы жылдың 2-май сәнесинде «Озодлик» радиостанциясының рәсмий сайтында Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районында жасайтуғын Зулхумор Жабборованың мүрәжаты тийкарында таярланған «Ногирон ҳолимга чўлда товуқхона қурмоқдаман. Аммо, масъуллар кўмак бермаяпти» атамасындағы материал жәрияланды.
Материалда З.Жабборованың еки баласы бар екени, перзентлерин бағыў ушын 20 жыл даўамында Қазақстан Республикасында жумыс ислегени, бирақ 2 мәрте операция болып, денсаўлығы төменлегени, мәмлекетимиз басшысының исбилерменлерге итибарының нәтийжесинде майып ҳалында, жалғыз баслы болыўына қарамастан шөлистанлықта таўықхана қурып, кредит мәселесинде 6 ай жуўырып, нәтийжеде 66 млн сум ажыратылғанын айтып, жуўапкер адамлардан қоллап-қуўатлаўын сорағаны сөз етилген.
Биз усы жағдайды үйрениў даўамында, З.Жаббороваға қусшылық пенен шуғылланыў ушын 2018-жылы Төрткүл районы «Келтеминар» АПЖ аймағынан жер берилгенин анықладық. Соның менен бирге, усы күнге шекем оған:

- «Халқ банк»тиң районлық филиалы тәрепинен 2018-жыл июль айында 27 млн сум, август айында 30 млн сум, сентябрь айында 40 млн сум;
- «Агробанк»тиң районлық филиалы тәрепинен 2018-жыл август айында 50 млн сум;
- «Миллий банк»тиң районлық филиалы тәрепинен 2018-жыл октябрь айында 17 млн сум;
- «Микрокредитбанк»тиң районлық филиалы тәрепинен 2019-жыл февральда 66 млн сум;
- «Савдогарбанк»тиң районлық филиалы тәрепинен 2019-жыл март айында 20 млн сум – жәми 250 млн сум муғдарында кредит ажыратылған.
З.Жабборова Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети баслығы Т.Нарбаева ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети баслығы З.Ибрагимоваларға бир неше мәрте мүрәжат еткен ҳәм олар тәрепинен З.Жаббороваға жеңиллетилген кредит ажыратыў бойынша әмелий жәрдем берилген.
Усы жылдың 25-апрель күни З.Жаббороваға коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылған жәми 250 млн сумлық кредит қаржыларының мақсетли сарпланыўын үйрениў мақсетинде Төрткүл районлық ҳәкимлиги ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен З.Жабборова басшылық етип атырған «Диёрбек паррандаси» жеке меншик кәрханасында үйрениў жумыслары алып барылған.
Үйрениўлер нәтийжесинде, пуқара З.Жабборова басшылық етип киятырған «Диёрбек паррандаси» жеке меншик кәрханасына тийисли болған қусшылық фермасында ҳәзирги ўақытта жәми 65 таўық бар екени, З.Жабборованың үйиндеги 900 дана инкубаторда сақланып атырған мәйек ҳәм 900 дана 25 күнлик шөже бар екенлиги анықланған. Пуқара З.Жаббороваға ажыратылған жеңилликли кредит қаржылары мақсетсиз, яғный қурылыс ҳәм басқа мақсетлер ушын сарпланғаны, барлық кредит қаржылары усы күнге шекем қайтарылмастан киятырғаны анықланды.
Үйрениўлер даўамында З.Жабборова 2018-жылдың октябрь айында район ҳәкимлиги имараты алдында өзине 100 млн сумлық кредит ажыратылыўын талап етип, талабы орынланбаса өзин өртеп жибериўди айтып қорқытыўға ҳәрекет еткени мәлим болды.
Сондай-ақ, ол 17 жыл даўамында Қазақстан Республикасында мийнет мигранты сыпатында жумыс ислеп, палкерлик пенен шуғылланғаны себепли Қазақстан Республикасынан 5 жылға депортацияланған.
Жүз берген ўақыяның ҳақыйқый көриниси усылардан ибарат. Биз халқымыздан сырттан турып, елимиздиң ишки бирлигин бузып, бул жердеги раўажланыўлардың тамырына балта урмақшы болған усындай сыртқы идеологиялық күшлердиң мағлыўматларына исенип қалмаўды сораймыз. Өйткени, олар өзлериниң мақсети жолында анық жағдайды үйренбей турып, өз мәплери жолында жуўмақ шығарыўды мақул көреди.
Өзимизде жүз берип атырған жағдайды өзимизден жақсы билетуғын адам жоқ…

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

    Усы жылдың 25-январь күни Хожели районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы қасындағы асханада жарылыў жүз берген. Бир

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

    Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери тәрепинен