Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.05.2019 15:32
  • 1410

Қырғызстан газетасында Қарақалпақстан ҳаққында мақала жәрияланды. Онда не делинген?



Қырғызстандағы «Ашшы сөз» газетасының 2019-жыл 3-май күнги санында «Қарақалпақстан тәсирлери» атамасындағы мақала жәрияланды. Онда Ош мәмлекетлик университети оқытыўшысы Бахтыгүл Байтикованың жақында 22-25-апрель күнлери бир топар кәсиплеслери менен Қарақалпақстандағы сапарынан алған тәсирлери жазылған.



Усы жылдың 22-апрель күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Глобалласыў процесинде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасындағы дәслепки халық аралық конференция болып өткен еди. Конференцияға Украинаның Киев миллий мәденият ҳәм көркем өнер университети, Қырғызстанның Ош мәмлекетлик университети профессорлары қатнасып баянат жасады.



Конференцияның екинши күни, 23-апрель күни мийманлар Мойнақ районында болып, Ҳәким ата – Сулайман Бақырғаныйдың қойымшылығын зыяратлады, Мойнақ районына қараслы 2- ҳәм 3-санлы мектеплерде болып, оқыўшыларға китаплар саўға етти.



Буннан соң «Корабльлер қойымшылығы» ҳәм Мойнақ маягы, Экологиялық музейде болды. Конференцияның үшинши күни қатнасыўшылар Хийўадағы «Ийшан қала» тарийхый орнында болып, ол жердеги ески имаратлар, тарийхый орынлар менен танысты.





Мақала соңында автор өзлерине тили де, дини де, үрп-әдет дәстүрлери де жақын болған Қарақалпақстанға сапарынан кеўли толғанлығын билдирип өткен.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында