
Радио байланысы дәслеп «Сымсыз телеграфия» деп аталған. Техникалық раўажланыўдың нәтийжесинде жүзеге келген радио ғалаба хабар қуралларының раўажланыўында жаңа дәўирди баслады. Айырым илимпазлар радио 1985-жылы 7-майда орыс илимпазы А.С.Попов тәрепинен ойлап табылды деген пикирди қоллап-қуўатлайды. Бирақ, А.С.Попов пенен биргеликте италиялы илимпаз Г.Маркони де радиосигналларды узаққа жеткериў ҳәм қабыллаў мәселеси үстинде узақ жыллар даўамында изленген. Еки ойлап табыўшының да аппаратлары бир-бирине уқсас болған. Англиядағы почта мәкемелериниң материаллық жәрдеми нәтийжесинде Г.Марконидиң иси әдеўир раўажланды ҳәм 1896-жылы 2-июньде Англиядан патент алыўға ерискен.
Қарақалпақстанда дәслеп 1931-жылы декабрь айында радиокомитет дүзилип, 1932-жылдың 16-апрель сәнесинен баслап қарақалпақша еситтириўлер эфирден берилген.
Сахибжамал Есемуратова


