Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.05.2019 11:41
  • 1069

ӨзЛиДеП ўәкиллери Төрткүлли Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысының ҳалынан хабар алды



1941-1945 жылларда болып өткен Екинши жер жүзилик урыс қаншадан-қанша шаңарақларға мүсийбет алып келди. Саўаш майданларында қаншадан-қанша жерлеслеримиз қаҳарманларша қаза болды.
Ҳәзирги күнде елимиз тынышлығы ушын жанын пидә еткен мәрт жаўынгерлеримиздиң 21 и ғана бүгинги тыныш пәраўан турмыста биз бенен бирге жасап келмекте.



9 май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Төрткүл районлық Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты А.Байрыева менен биргеликте «Келтеминәр» аўыл пуқаралар жыйынына қараслы Жаңбасқала қорғанында жасаўшы екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Аллаберген ата Матякубовтың шаңарағынан хабар алды, деп хабар берди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Баспасөз хызмети.
Урыс ветераны менен болған ушырасыўда қанлы саўаш майданларда басынан өткерген кыйыншылықларын еске алып, дүньяда ҳеш қашан урыс болмасын тек ғана аманшылық, парахатшылық болсын деп көзине жас алды. Президентимиздиң урыс ветеранларына каратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықтан шексиз миннетдар екенлигин айтып өтти.
100 жасты қарсы алған Аллаберген ата бүгинги күнде 2 ул 2 қыз бала перзентинен 33 аклық, шаўлық ҳәм қуўлық сүйип отырған бахытлы атаның бири.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты А.Байрыева ҳәм партияның районлық Кеңеси ўәкиллери 1941-1945 жылларында ел тынышлығы ушын жанын қурбан еткен бүгинги күнде болса тыныш пәраўан турмыс кеширип атырған мийнет ветераны Аллаберген ата Матякубовты байрам менен қутлықлап өзлериниң естелик саўғаларын тапсырды.


Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет