Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.05.2019 12:14
  • 1501

Нөкисли пуқара еки паспорт пенен еки жерден пенсия алып келгени анықланды


Нөкис қаласында жасайтуғын пуқара Т.Е. биринши мәрте 1994-жылы 18-мартта майыплық пенсиясын тайынлаўды сорап, арза жазған. Арзасы ҳәм Медициналық-мийнет эксперт комиссиялары тәрепинен берилген майыплық мағлыўматнамасына тийкарланып Нөкис қалалық бурынғы Социаллық тәмийнат бөлими тәрепинен 2-топар майыплық пенсиясы тайынланған ҳәм 2018-жыл 30-ноябрьге шекем төлемлер әмелге асырылып келинген, деп хабар берди Бюджеттен тыс Пенсия қорының веб-сайты.
Кейин ала жағдайды үйрениў даўамында бул пуқара еки пуқаралық паспорты менен еки жерден пенсия алып келгени анықланған.
Ол Нөкис қалалық бурынғы Социаллық тәмийнат бөлими тәрепинен майыплық пенсиясы тайынланған болса да, 2004-жылы 27-майда Нөкис районы аймағында турақлы жасаў ушын дизимге алынған жаңа паспорты (екинши паспорт) ҳәм 2004-жыл 23-июньда Медициналық-мийнет эксперт комиссиялары тәрепинен берилген майыплық мағлыўматнамасы және басқа аймақтан пенсия алыўы ҳаққында мәлим етпестен, Нөкис районлық бурынғы Социаллық тәмийнат бөлимине жазған арзасына муўапық басқа пенсия тайынланып, 2009-жыл 30-сентябрьге шекем надурыс төлемлер әмелге асырылған.
Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамына муўапық, мәмлекетлик пенсиялардың бир неше түрлерин алыў ҳуқықына ийе болған пуқараларға олардың өзлери сайлаған бир түрдеги пенсия тайынланады.
Бирақ, пуқараға нызамсыз түрде (еки паспорт тийкарында) пенсия тайынланыўы ақыбетинде надурыс пенсия төлеми әмелге асырылған.
Нәтийжеде пуқара Т.Е.ге еки паспорт пенен еки аймақ арқалы пенсия төлениўи ақыбетинде жәми 14,3 млн сум артықша төлемлер сарпланғаны белгили болды.
Бул жағдай бойынша ҳуқықый баҳа бериў ушын материаллар ҳуқық қорғаў уйымларына өткерилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған