Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.05.2019 15:53
  • 1364

Абитуриентлер дыққатына! 2019-жылдан баслап қандай өзгерислер болыўы күтилмекте?


- Абитуриентлер бир ўақытта пәнлер блогы бирдей болған 3 жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыўы мүмкин. Тест сынақлары бир мәрте өткериледи.
- Кириў ҳүжжетлерин жақын жердеги мәмлекетлик хызметлер орайларына тапсырыў мүмкин. Мәселен, Ташкент қаласына оқыўға тапсырмақшы болғанлар Ташкентке барып жүриўи шәрт емес.
- Имтиханлар июль-август айларында өткериледи (алдын 1-15-август күнлери аралығында өткерилетуғын еди).
- Быйыл жоқары оқыў орынларына рекорд дәрежедеги ҳүжжет тапсырылады – 1,2 миллионнан аслам.
- Ең жоқары баллдың 30 проценти ямаса оннан көбирек балл топлаған абитуриентке сертификат бериледи – оның нәтийжелери 3 жыл даўамында әмел етеди. Мәселен, абитуриент 100 балл топлап, жоқары оқыў орнына кире алмаса, бирақ келеси жылы жол жоқары оқыў орнына «кириў баллы» 90 балл болып қалса, абитуриент өткен жылдағы сертификаты менен оқыўға қабыл етиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...