Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.05.2019 16:20
  • 1454

Президент мектеби директоры лаўазымына таңлаў жәрияланды. Талабанларға қойылатуғын талаплар қандай?


Ташкент, Наманган, Нөкис ҳәм Хийўа қалаларындағы президент мектеплери директоры лаўазымына таңлаў жәрияланды.
Талабан басламашы, басқарыў процесинде инновациялық жумысларды шөлкемлестире алатуғын, жоқары шөлкемлестириўшилик қәбилетине ийе, еркин пикирлейтуғын, алдынғы халықаралық тәжирийбелерди өз жумысларына енгизе алатуғын, инглис тилин билетуғын болыўы керек.

Президент мектеплери директоры лаўазымларына талабанлар ушын қойылатуғын талаплар:
- жоқары мағлыўматқа ийе болыўы;
- басшылық лаўазымында кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе болыўы;
- халық билимлендириў системасына тийисли миллий нызамшылықты жақсы билиўи;
- сөйлесиўлер алып барыў дәрежеси;
- жетекшилик, адамлар арасындағы қатнасықларды орнатыў қәбилети, шөлкемлестириўшилик ҳәм жуўапкершилик;
- жеке тәртипте ҳәм жәмәәтте ислеў, келиспеўшиликлерди шеше алыў;
- басламашылық, дөретиўшилик, стресске шыдамлылық, дурыс шешим қабыл ете алыў қәбилети;
- исбилерменлик көнликпелерине ийе болыўы;
- MS Office, Internet компьютер бағдарламаларын;
- өзбек, рус ҳәм инглис тиллерин (CEFR B2 дәрежесинде) билиўи керек.

Сондай-ақ, президент мектеплери директорының оқыў ислери бойынша орынбасары лаўазымына да таңлаў жәрияланды.

Талабанлар ушын қойылатуғын талаплар:
- жоқары педагогикалық мағлыўматқа ийе болыўы;
- 5 жылдан кем болмаған педагогикалық мийнет стажы болыўы;
- тийисли лаўазымда ямаса соған тең келетуғын лаўазымда кеминде 3 жыллық мийнет тәжирийбесине ийе екенлиги;
- халық билимлендириў системасына тийисли миллий нызамшылықты жақсы билиўи;
- сөйлесиўлер алып барыў дәрежеси;
- жетекшилик, адамлар арасындағы қатнасықларды орнатыў қәбилети, шөлкемлестириўшилик ҳәм жуўапкершилик;
- жеке тәртипте ҳәм жәмәәтте ислеў, келиспеўшиликлерди шеше алыў;
- басламашылық, дөретиўшилик, стресске шыдамлылық, дурыс шешим қабыл ете алыў қәбилети;
- исбилерменлик көнликпелерине ийе болыўы;
- MS Office, Internet компьютер бағдарламаларын;
- өзбек, рус ҳәм инглис тиллерин (CEFR B2 дәрежесинде) билиўи керек;
- «STEAM-билимлендириў» ҳаққында түсиникке ийе болыўы керек.

Талабанлар өз резюмелерин hr_pm@itsm.uz электрон мәнзилине жибериўи мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...