Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының Контрабанда ҳәм бажыхана нызамшылығы бузылыўына қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласына жол алған жолаўшы поезди бақлаўға алынды.
Нәтийжеде поезд Нөкис қаласына жетип бармастан, «Қараөзек» темир жол бәндиргисинде тоқтаған ўақытта, бир топар пуқаралар ҳәр қыйлы жүклерге толы болған бир неше сумкаларды поездан түсирип алып атырғаны хызметкерлердиң итибарын тартты.
Пуқаралар сол ўақыттың өзинде илаж қатнасыўшылары тәрепинен тоқтатылды.
Тоқтатып қалынған пуқаралар алған жүклер гүўалар қатнасыўында көзден өткерилгенде, сумкаларда ҳеш қандай ҳүжжетлери болмаған және сапасына кепиллик берилмеген 74,5 миллион сумлық азық-аўқат өнимлери ҳәм хожалықты пайдаланылатуғын товарларды нызамға қайшы түрде елимизге алып кирип атырғаны анықланды.
Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша бажыхана тексериўлери даўам етпекте.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz