Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.05.2019 17:25
  • 1723

Елликқаладағы өртенип кеткен «Матиз» бойынша рәсмий мағлыўмат берилди

Елликқаладағы өртенип кеткен «Матиз» бойынша рәсмий мағлыўмат берилди
Усы жылдың 10-май сәнесинде саат 10:03 лерде Елликқала районы «Гүлистан» АПЖ турғыны 1992-жылы туўылған пуқара Д.Ж.ға тийисли 2013-жылы ислеп шығарылған «Матиз» маркалы автомобиль районның «Наўайы» МПЖ аймағында тоқтап турғанында өз-өзинен қызып, өртенип кеткен.
ҚР Өрт қәўипсизлиги басқармасы аға инженери, лейтенант Айбек Абдирахмановтың мәлим етиўинше, өрт ақыбетинде автомобильдиң моторы, салоны, есиклери ҳәм автомобильге тийисли ҳүжжетлер зыянланған.
Шақырыўдан соң ўақыя орнына өрт қәўипсизлиги хызметкерлери 2 минутта жетип барып, өртти 4 минутта сапластырған. Өртке электр сымларының қызып кеткени себепши болғаны болжанбақта. Ҳәзирги ўақытта материаллық зыян муғдары анықланбақта.
Соны да айрықша атап өтиў керек, автомобиль түтеп, өртениўди баслаған ўақытта әтирапқа топланып қалған адамлар телефон арқалы видеоға түсириўди баслаған, автомобиль толық жанып кетпегенше олар видеоға алыўды даўам еттирип, ҳеш ким өрт қәўипсизлиги хызметине өз ўақтында хабар бермеген. Егер ўақтында хабар берилгенде өртти өшириў имканияты болған. Себеби, районлық өрт қәўипсизлиги бөлими ўақыя орнына жақын жерде жайласқан болып, аралық 1 километрге де жетпейтуғын болғанлығы мәлим етилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз