Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.05.2019 11:35
  • 1074

«ДТМ» рухсатнамасын онлайн алыў имканияты жаратылады


Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги тәрепинен өткерилген «Нызамшылықтағы жаңалықлар» брифинги ҳәм баспасөз конференциясында мәлим етилди, деп жазады ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиев.
Күтилип атырған қолайлықлардың бири сыпатында Мәмлекетлик тест орайы бас басқармасының баслығы Б.Ражабов төмендегише мағлыўмат берип өтти:
- Абитуриентлерди усы күнге шекем қыйнап киятырған мәселелердиң бири Мәмлекетлик тест орайы рухсатнамаларын (халық тилинде ДТМ рухсатнамасы) қай ўақытта алыў еди. Әдетте, бул рухсатнамалар имтихан қарсаңында 31-июль күнине шекем (сол күни де) тарқатылатуғын еди.
Өткен жыл мысалында айтатуғын болсақ, тест сынақлары 15 күн даўам еткени себепли абитуриентлердиң бул рухсатнама менен байланыслы мүрәжатлары көп болды.
Олардың көпшилиги Ташкентке келип-кетиўде артықша әўерегершилик ҳәм қәрежетлердиң алдын алыў менен байланыслы еди, әлбетте.
Биз де усы мақсетлерди гөзлеп быйылдан баслап ДТМ рухсатнамаларын тиккелей Мәмлекетлик тест орайының сайтынан пайдаланып өзине тийисли рухсатнаманы жүклеп алыўы мүмкин ҳәм сол тийкарда тийисли оқыў имаратына кирип-шығыўын тәмийинлеўди нәзерде тутып атырмыз, - деп айтып өткен тест орайы ўәкили.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған