Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.05.2019 18:13
  • 1466

Абитуриентлер ушын хош хабар: «Бир минимальный» ярымға түсирилди. 3 жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыўда пәнлер избе-излиги сақланыўы шәрт емес


Ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиевтиң жазыўынша, жоқары оқыў орынларына тест сынақлары арқалы қабыллаў тәртибине байланыслы Президент қарары тастыйықланды. Қарарда абитуриентлер ушын көплеген жақсы жаңалықлар да орын алған.
Атап айтқанда, абитуриентке 3 жоқары оқыў орны ямаса бағдарды сайлаўда пәнлердиң избе-излиги сәйкес болмаса да рухсат етилетуғын болған.
Мәселен, 1-блок тарийх пәни болған бағдарға ҳүжжет тапсырған абитуриент, кейинги бағдарлар сыпатында 1-блогы шет тили ямаса ана тили ҳәм әдебияты болған бағдарды да сайлай алады. Тек ғана блоктағы үш пән бирдей болыўы керек, избе-излиги басқаша болса да болады.
Сондай-ақ, мәлим болыўынша, қабыллаў процесинде алдынғы жылларда оқыўға кире алмаған абитуриентлерден алынатуғын төлемлер де азайтылған. Яғный төлем муғдары ярым «минимальный» (101 365 сум) етип белгиленген. Биринши жылы оқыўға тапсырып атырғанлар ушын ҳүжжет тапсырыў бийпул болады.
Президент қарары ҳаққында бүгин кешки «Ахборот» бағдарламасында толық мағлыўмат берилиўи күтилмекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған