
Мойнақ районында «Балықшының үйи» атлы жаңа хостел өз жумысын баслады. Бул ҳаққында New Muynak City каналы хабар берди.

Оның жойбары «Muynak Innovaciya» шаңарақлық кәрханасы тәрепинен ислеп шығылған болып, хостелде мийманлар ушын барлық шараятлар жаратылған. Хостел жанында балықшының үй музейи ҳәм сувенирлер дүканы шөлкемлестирилген.
Сондай-ақ, районда спорт комплекси ҳәм өнерментлер аллеясының қурылыс жумыслары да қызғын пәтлерде алып барылмақта.


Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


