Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.05.2019 16:11
  • 1229

Тест нәтийжелери имтиханның ертеңине жәрияланады, бирақ кирген-кирмегени емес. Не ушын?

Тест нәтийжелери имтиханның ертеңине жәрияланады, бирақ кирген-кирмегени емес. Не ушын?
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынаўлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, быйылғы тест сынақлары июль-август айларын өткерилиўи белгиленген.
Сондай-ақ, быйылғы жылы да тест нәтийжелери Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланады. Бирақ, баллды жәриялағанда тәртип бираз басқашалаў болады.
Яғный, абитуриент тест сынағынан топлаған баллары ҳаққындағы мағлыўматты тест тапсырған күнниң ертеңине билиўи мүмкин. Бирақ, ертеңине тек ғана неше балл топлағанын биле алады, кирген-кирмегенин емес.
Абитуриенттиң студентликке усыныс етилген ямаса етилмегенине байланыслы мағлыўматты болса тест сынақларын өткериў процеси толық жуўмақланғаннан соң бир ҳәпте мүддет ишинде Мәмлекетлик тест орайының сайтынан көрип алыўы мүмкин.
Ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиев өз каналында бул өзгерислерге түсиник берди.

Не ушын бундай болады?

Себеби, быйылғы жылдан баслап абитуриент бир ўақыттың өзинде 3 бағдарға ҳүжжет тапсыра алыўы рәсмий түрде тастыйықланды. Сол себепли де, абитуриенттиң оқыўға кирген ямаса кирмегенин 1 күнниң ишинде айтыўдың имканы жоқ.
Мәселен, нөкисли абитуриент ҚМУ, ТИТУ ҳәм ӨзМУға ҳүжжет тапсырды деп ойлайық. Тестке Нөкис қаласында 3-август күни киреди. Енди алдынғы жыллардағы сыяқлы пәлен жоқары оқыў орнының тести 1-августта, төлен жоқары оқыў орнының тести 3-августта деген нәрсе болмайды, быйыл жоқары оқыў орынлары аралас түрде болады. Тек ғана бағдарлардағы пәнлердиң блогына қарай абитуриентлер күнлерге ҳәм павильонларға ажыратылады.
Буннан келип шығып, 3-август күни тест тапсырған абитуриент еле жуўмақлаўшы нәтийжени биле алмайды, себеби ол сыяқлы ҚМУ, ТИТУ ҳәм ӨзМУға ҳүжжет тапсырған абитуриентлер 5- ямаса 10-августта тестке кириўи мүмкин.
Сол себепли де, алдын ҳәммениң тест тапсырып болыяын күтиў керек. Жуўмақлаўшы нәтийже буннан соң ғана мәлим болады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған