Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.05.2019 16:23
  • 1384

Балалар бақшаларында бир қатар хызметкерлерге 100 процентлик муғдарда қосымша ҳақы төленеди


Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысларын еле де жетилистириў илажлары ҳаққындағы ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.
Қарарға муўапық, 2019-жыл 1-майдан баслап мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери басшыларының, педагог хызметкерлер ҳәм медициналық хызметкерлериниң лаўазымлық мийнет ҳақыларына 100 процентлик муғдарда қосымша ҳақы төленеди.
2019-жыл 1-сентябрьден баслап мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тәрбияшылары жәрдемшилериниң, сондай-ақ, қоспа типтеги мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериндеги раўажланыўында физикалық ямаса руўхый кемшилиги болған балаларға арналған топарларда ислейтуғын тәрбияшылар, педагог хызметкерлер ҳәм медициналық хызметкерлер жәрдемшилериниң лаўазымлық мийнет ҳақыларына 100 процентлик муғдарда қосымша ҳақы төленеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған